ҚАҲАРМАН ОБРАЗЫН ЖАСАЎДА ПЕЙЗАЖЛЫҚ СҮЎРЕТЛЕЎДИҢ ХЫЗМЕТИ
Abstract
Тәбият көринислериниң сүўретлениўи (пейзажлық сүўретлеўлер) – кеңислик образының көриниси ғана емес, ал персонажлардың кеўил-кейпиятын, сол ўақыттағы рухый ҳалатын аңлататуғын ҳәм оған тәсир ететуғын көркем әдислердиң бири. Автор ўақыя, ҳәдийсе болып атырған ўақыттағы ҳаўа райындағы кескинликти сүўретлеў арқалы персонаж ямаса персонажлардың тәғдиринде де усындай күтилмеген бурылыс жүз бериўине ишара етиўи мүмкин ямаса усындай орында өсимликлер, ҳайўанатлар дүньясы әлемин сүўретлеў арқалы да персонажлардың тәғдирине тәсир ететуғын ҳалатты көрсеткендей болады.
Fields of Study & Subjects
Short Stories in Global Literature
Narrative Theory and Analysis
Literary Analysis and Cultural Studies
Publication details
- Pages
- 31–33
- Publication date
- 12 February 2026
- Language
- KK