«МУҢЛЫҚ-ЗАРЛЫҚ» ДӘСТАНЫНДАҒЫ АРХЕТИПЛЕР ҲӘМ ЭПИКАЛЫҚ ҲАҚЫЙҚАТЛЫҚ ТРАНСФОРМАЦИЯСЫ

Read full text
Authors: Гаўҳар Базарбаева
Cited by: 0

Abstract

«Эпикалық ҳақыйқатлық» түсиниги ҳәзирги заман гуманитар илиминде дәстанда дөретилетуғын көркем дүньяның айрықша түрин тәрийиплеў ушын жемисли қолланылмақта. Бул тарийхый фактлердиң ҳақыйқатлығы емес, соның менен бирге, таза фантазия да емес. Ол тарийхый яд, мифологиялық көзқараслар, жәмийеттиң этикалық ҳәм космологиялық моделлери бирден-бир, логикалық жақтан жуўмақланған бир пүтинликке бирлестирилген синкретик реаллық болып табылады. Қарақалпақ халқының «Муңлық-Зарлық» дәстаны усы эпикалық ҳақыйқатлықтың нызамлықларын, мифологиялық қатламлар ҳәм этникалық дүньяқарас элементлерин бойына сиңирген ең әййемги ҳәм классикалық үлгилердиң бири есапланады.

Fields of Study & Subjects

Folklore Mythology and Literature Studies Linguistics and Cultural Studies Narrative Theory and Analysis

Publication details

Pages
85–86
Publication date
10 February 2026
Language
KK